Portalning yangi versiyasini ishga tushirish munosabati bilan, ushbu versiyada texnik quvvatlash to'xtatiladi!!!
Yangiliklar » Электрон ҳүкимет?! Баслығы ким? (УЧАСТНИК КОНКУРСА)
10.12.2013

«Электрон ҳүкимет» сөзи жаңа түсиник болғаны ушын халық арасында усындай сораўлар да ушырасып турады. Соның ушын да мәмлекет жумысларының жәриялылығын тәмийинлеў, соның менен бирге, халықтың ҳәм бизнес субъектлериниң мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўын еле де жақсылаў мақсетинде усы жылдың июль айында иске түсирилген Мәмлекетлик интерактив хызметлердиң бирлескен порталы яғный Электрон ҳүкимет (my.gov.uz ) ҳаққында көбирек ҳәм кеңирек айтыўымыз керек .

Мақул ис болыпты

Аўыллық жерден қалаға тойлап келген орта жастан өткен үш-төрт жасы үлкен ағайин менен түрли тараўдан гүрриңлесип отырып, гәп арасында олардың биринен «Электрон ҳүкимет» ҳаққында еситкенбисиз?» деп сорап қалдым.

– Ондай да ҳүкимет бар ма екен?-деп сорады бири ҳайран қалып.

– Бар.

- Баслығы ким екен?,-деди жасы үлкен қызықсынып. Күлкиден өзимди зорға тыйып, мыйық тарттым да – Жасы үлкен, оның баслығы Сиз боласыз!-, дедим.

- Ҳәзил қылма, бала,-деди жас үлкен өзиниң шыннан сорап атырғанын билдирип.

-Ҳеш қандай ҳәзил емес,аға, интернет ҳаққында еситкенбисиз?,-дедим әпиўайылаў тәризде түсиндириў ушын.

- Аўа, үйде балалар отырады-ғой. Кино ала ма ойын ала ма, әйтеўир келиспеген бир нәрселерди ислеп,-деди ақсақал ағамыз.

- Әне сол интернет тармағында кирип, my.gov.uz деген сөзди тересиз, онда барлық мәмлекетлик уйымлар хызметлери киргизилген болып, ол «Мәмлекетлик интерактив хызметлердиң бирлескен порталы» деп аталады. Қысқа айтқанда электрон ҳүкимет. Бунда сиз өзиңиздиң шахсий кабинетиңизди жаратып, соң компьютер алдында отырып мәлекетлик уйымларға мүрәжат ете бересиз. Барлығы алдыңызда! Оннан қала берсе, мүрәжатыңыз мәмлекетлик уйымға жиберилгени, ол жерде қабыл етилгени, жуўап берилгени туўралы уялы телефоныңызға СМС хабар келип, Сизге есабат берилип турылады.

Усындай имканиятлар жаратылғаннан кейин сиз баслық болмай, ким баслық болсын, аға,-дедим ҳәзил араластырып.

Ҳәзир информация-коммуникация технологиясы саласы жедел раўажланып бармақта. Бизиң елимиз де басқа раўажланған мәмлекетлер қатары бул ислерге үлкен итибар қаратпақта,-дедим әпиўайы тәризде түсиндирип.

- Бул жүдә мақул ис болыпты,-деди аўылдан келген жасы үлкен гәптиң рамәўзин түсинип. – Сонда енди, ана мәкеме менен мына мәкемеге гезип сарсаң болып, узыннан-узақ нәўбет күтип жүрмеймиз бе?

- Аўа. Тийкарғы мақсет те сол. Мәмлекетлик мәкемелердиң жумысларының ашықлығын тәмийинлеў, пуқараларды әўере-сарсаң қылмаўдан, бюрократлыққа жол қоймаўдан ибарат. Электрон ҳүкимет хызметлеринен пайдаланатуғын болсаңыз, енди бир жерде отырып-ақ барлық мәмлекетлик органларды гезесиз.

Қолайлы, тез ҳәм исенимли

Елимиздеги «Электрон ҳүкимет»тиң тырнағы Президентимиздиң 2002-жыл 30-майдағы «Компьютерлестириўди және де раўажландырыў ҳәм информация-коммуникация технологияларды енгизиў ҳаққында»ғы Пәрманы менен байланыслы. Буннан соң қабыл етилген «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы, «Электрон рақамлы имза ҳаққында»ғы, «Электрон ҳүжжет айланысы ҳаққында»ғы Нызамларымыз, Президент Қарарлары, Министрлер Кабинетиниң Өзбекстанда электрон ҳүкиметти қәлиплестириў бағдарында шығарған қатар қарарлары, әсиресе, Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 30-декабрьде «Интерактив мәмлекет хызметлерин көрсетиўди есапқа алған ҳалда интернет тармағында Өзбекстан Республикасының Ҳүкимет порталы хызметин және де жетилистириў шара-илажлары ҳаққында»ғы қарары «Электрон ҳүкимет»тиң тийкарғы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет базасы болып хызмет етип келмекте. Соны да айрықша атап өтиў керек, ҳәзирде «Электрон ҳүкимет ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жойбары талқылаўға қойылған.

Электрон ҳүкиметти жаратыўда дүньяның раўажланған бир қатар мәмлекетлериниң, соның ишинде бир неше жыллар даўамында бул бағдарда дүньяда жетекши болып киятырған Қубла Корея тәжирийбелери үйренилип, олардан ең үлгили тәреплерин алыўға ҳәрекет етилген. Порталда пуқаралар, әсиресе, исбилерменлер ушын көп ғана қолайлықлар жаратылған.

Өзим бул Бирлескен портал хызметинен пайдаланған ўақтымда жүдә қайыл қалдым. Порталға кирип, регистрациядан өтиў ушын идентификация системасында (id.uz)да өзиме тийисли мағлыўматларды киргизип, порталдан өзимниң жеке кабинетимди ашып алдым. Соң порталдағы мәмлекетлик интерактив хызметлер менен танысып шықтым. Мәмлекетлик архивке жоллаған мүрәжатыма бир мезгилде (!) жуўап алдым. Кейин «Он-лайн» режиминде ислейтуғын терминаллардың байланысына кимлер жуўапкер екенлигин сорап Өзбекстан Республикасы Орайлық Банкине хат жолладым. Мүрәжатымның жолланғаны, қабыл етилип алынғаны ҳаққында уялы телефоныма СМС хабарлар келип түсти. Арадан бир күн өтип Орайлық Банктен электрон почтама мениң атыма шығыс етилген, баслық орынбасары атынан қол қойылған жуўап хат келди. Бирлескен портал хызметлери қолайлы, оператив, тежемли ҳәм исенимли екенлигине исенимим артты.

Менде усыныс бар

Бирлескен порталдың иске түсирилгенине 5 ай болыўына қарамастан өзине 3500 ге жақын пайдаланыўшыларды тартып үлгерген.

Бирлескен портал еки тилде: латын әлипбесине тийкарланған өзбек тилинде ҳәм рус тилинде ҳәрекет етеди. Мениң ойымша, порталдағы хызметлерден пайдаланыўда, мәмлекетлик органларға түрли социаллық мәселелерде орта жас ҳәм оннан өткен пуқаралар көбирек мүрәжат етеди. Ал, бул пуқаралар кирилл имласында оқығанлықтан, латын имласын оншелли түсинбеўи мүмкин. Соның ушын портал кирилл имласындағы өзбек тилинде де жүргизилсе жақсы болған болар еди деген пикирдемен.

Және бир усыныс. Қала ҳәм аўылларында жасайтуғын барлық пуқараларда интернетке жалғанған компьютерлери бар деп айта алмаймыз. Интернетке жалғаныў имканиятларына ийе болмаған пуқараларымыз электрон ҳүкимет хызметлеринен пайдаланыўы мүшкил болады. Соның ушын мәкан пуқаралар жыйынларында, әсиресе, аўыллық жердеги мәкан пуқаралар жыйыны имаратларында усы аймақ пуқаралары Электрон ҳүкимет хызметинен пайдаланыўы ушын бир хана шөлкемлестирилсе, ҳәм оған интернетке жалғанған бир-еки компьютер қойылса, алыс аймақта жасаўшы пуқаралардың да бул Бирлескен портал хызметинен пайдалыныў мүмкиншилиги асырылған болар еди. Мәкан пуқаралар жыйыны мәсләҳәшиси Электрон ҳүкимет хызметинен пайдаланыў тәртиби бойынша оқытылып, соң пуқаралардың бул хызметлерден пайдаланыўында жәрдемлесиўши ҳәм пуқаралардың электрон ҳүкимет хызметлеринен пайдаланыў ханасына жуўапкер етип бекитилсе мақсетке муўапық болар еди.

Жуўмақ орнына

Елимизде информация-коммуникация технологияларының жедел раўажланыўы негизинде жүзеге келеген Электрон ҳүкимет хызметлери халқымыз ушын кең имканиятлар жаратып, мәмлекетлик уйымлардың жумысларының жәриялылығын ҳәм халқымыздың мәмлекет қурылысы ислеринде белсендилигин тәмийинлейди. Ғәрезсиз Өзбекстан Республикасының тийкарғы раўажланыў бағдары да ҳуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўдан ибарат.

Саламат АЖИМОВ,
Журналист

Газета "Istiqlol va Qonun" 30 ноябрь 2013 йил

Поделиться

34766 marta ko`rilgan

Ommabop xizmatlar

Yuborilmoqda...

Qayta aloqa

* belgisi bilan ajratilgan maydonlar to`ldirilishi shart.

Tasvirdagi belgilarni kiriting*
Harflar katta yoki kichikligining ahamiyati yo`q.
Murojaat yuborish

Davlat organi rahbariyati qabuliga yozilish

Tadbirkorlik

Qayta aloqa